Qoraalpaĝ - "Iso: Ustoz va Tabib".3gp / Караҝалпаҝ - "Иса: Ұстаз және Емші".3gp
Listen now
Description
Kараҝалпаҝ - "Jesus:  Teacher and Healer".3gp / Караҝалпаҝ - "Иисус: Учитель и Целитель".3gp //КОР. 1-Х. 13Сүйиспеншилик ҳаққында1. Егер мен адамлардың ҳәм периштелердиң тиллеринде сөйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳәм даңғырлаған дәптен парқым болмай қалады. 2. Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳәм ҳәр түрли билимге ийе болсам, ҳәтте, таўларды көширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нәрсе емеспен. 3. Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.4. Сүйиспеншилик сабырлы ҳәм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды. 5. Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, өз пайдасын гөзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды. 6. Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады. 7. Сүйиспеншилик ҳәмме нәрсени көтереди, ҳәмме ўақытта исенеди, ҳәмме ўақытта үмит етеди, ҳәммесине шыдайды.8. Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сөйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады. 9. Өйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес. 10. Бирақ, минсиз болған толық нәрсе келгенде, толық емес нәрсе жоқ болады. 11. Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сөйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳәм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тән қәсийетлерди тасладым. 12. Ҳәзир бизлер ҳәммесин гүңгирт айнада көргендей гүмилжи көрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз көремиз. Ҳәзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Қудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан.13. Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.
More Episodes
Узбекская, Северная | Евангелие от Иоанна 19: 1-18.mp4 /  Uzbek, Northern | Gospel of John 19: 1-18.mp4 //1 КОРИНФЛИКЛАР 15 - Исо Масиҳ ўликдан тирилгани ҳақида1. Биродарларим, мен ўзим сизларга етказган Хушхабарнинг моҳиятини яна бир бор эслатиб ўтмоқчиман. Сизлар бу Хушхабарни қабул қилдингиз,...
Published 01/24/23
Узбекская, Северная | Евангелие от Иоанна 19: 19-42.mp4 /  Uzbek, Northern | Gospel of John 19 : 19-42.mp4 
Published 01/24/23